Войти Регистрация

Docx

  • Рефераты
  • Дипломные работы
  • Прочее
    • Презентации
    • Рефераты
    • Курсовые работы
    • Дипломные работы
    • Диссертациии
    • Образовательные программы
    • Инфографика
    • Книги
    • Тесты

Информация о документе

Цена 3000UZS
Размер 58.1KB
Покупки 0
Дата загрузки 23 Сентябрь 2019
Расширение ppt
Раздел Презентации
Предмет Информатика и ИТ

Продавец

Bohodir Jalolov

Kompyuter arxitekturasi

Купить
KOMPYUTER ARXITEKTURASI ЖК ушын программалық тәмийнат өндирисинде стандартларды ким анықлайды? "Microsoft!" ЖК ушын операцион система ислеп шығыўда үстемлик етип турыпты. MS DOS ҳәм Windows 3.1, Windows 95/98, Windows NT, Windows 2000 ҳәм Windows XP. Алдын ғәрезсиз компаниялар тәрепинен усынылған көпшилик утилиталар ( дискти кэшлеў , дисклерди қысыў , дефрагментация , калькулятор ҳәм жазыў книжкалары ) ҳәзир Windows қа қосылған . Microsoft ҳәтте операцион системаға Web- броузерди қосты . Бул оның сәйкес программалар ислеп шығаратуғын конкурентлерин « қорқытып » таслады . Биринши ЖК лер пайда болғанда IBM ЖК диң аппарат тәмийнлеў стандартын басқарды . Бул Microsoft ты ЖК ушын программалық тәмийнлеўге мәжбүрледи . IBM BIOS (Basic Input Output System) жазды ҳәм Microsoft DOS (Disk Ope Система компонентлери • Заманагөй ЖК жыйнаў ушын зәрүр компонентлер. • системалы плата; • процессор; • яд (оператив яд); • корпус; • блок питания; • дисковод (ийилиўшең дисклер ушын); • қатты диск; • CD-ROM, CD-R ямаса DVD-ROM; • клавиатура; • мышь; • видеоадаптер; • монитор (дисплей); • даўыс плата; • акустик система; • модем www.arxiv.uz ЖК диң тийкарғы блоклары ҳәм олардың ўазыйпалары • Микропросессор ( МП ) ЖК дың орайлық блогы болып , ол машинаның барлық блоклары жцмысын басқарыў ҳәм мағлыўматлар үстинде арифметик ҳәм логикалық әмеллерди орынлаў ушын арналған . • Микропросессор қурамына төмендеги қурылмалар киреди. • Басқарыў қурылмасы (БҚ): машинаның барлық блокларына керекли ўақытта анық басқарыў сигналларын узатады (басқарыўшы импулсларды). • Арифметик-логикалық (АЛҚ ) — снлы ҳәм белгили мағлыўмат үстинде барлық арифметик ҳәм логикалық әмеллерди орынлаў ушын арналған (ЖК лардың базыбир моделлеринде әмеллердиң орынланыўын тезлестириў ушын қосымша математик сопросессор жалғанады). • Микропросессорлы яд (МПЯ) — машина ислеўиниң ең жақын тактлериндеги есаплаўларда туўры қатнасатуғын мағлыўматты қысқа ўақыт сақлаў, • Микропросессордың интерфейсли системасы ЖК дың басқа қурылмалары менен жалғаў ҳәм байланыс етиў ушын арналған, ол өз ишине МП дың ишки интерфейси, буферли еслеп қалыў регистрлери ҳәм киритиў-шығарыў портларын (КШП), басқарыў схемалары ҳәм системалы шинаны алады. • Интерфейс ( interface ) — компютер қурылмаларының өзара сәйкеслик ҳәм байланыс қурылмалары топламы болып, олардың өзара нәтийжели ислеўин тәмийнлейди. • Киритиў-шығарыў порты ( I /О port ) — жалғаў аппаратурасы болып, микропросессорға басқа қурылмаларды жалғаў имканын береди. • Системалы шина • Системалы шина — компютердиң тийкарғы интерфейсли системасы болып, ол компютердиң барлық қурылмалары арасындағы өзара жалғаныўын ҳәм байланысты тәмийнлейди. Системалы шина төмендегилерди өз ишине алады: www.arxiv.uz • мәнислердиң кодлы шинасы (МКШ), ол операнд санлы кодының барлық разрядларын параллел узатыў ушын сымлар ҳәм жалғаў схемаларын өз ишине алады; • адрестиң кодлы шинасы (АКШ), ол тийкарғы яд ячейкаларының ҳәм сыртқы қурылма киритиў-шығарыў портларының адреслери кодының барлық разрядларын параллел узатыў ушын сымлар ҳәм жалғаныў схемаларын өз ишине алады; • • көрсетпелердиң кодлы шинасы (ККШ), ол машинаның барлық блокларына көрсетпелерди (басқарыўшы сигналларды, импулсларды) узатыў ушын сымлар ҳәм жалғаныў схемаларын өз ишине алады; • • тәмийнат (ток) шинасы, ол энерготәмийнат системасына ЖК диң блокларын жалғаў ушын сымлар ҳәм жалғаныў схемаларын өз ишине алады. • Системалы шина мағлыўматты үш бағытта узатылыўын тәмийнлейди: • 1. Микропросессор менен тийкарғы яд арасында. • 2. Микропросессо • Яд қурылмалары • ЖК лер ядтың 4 иерархик дәрежесине ийе: • • микропросессорлы яд (МПЯ); • регистрли кэш-яд; • тийкарғы яд (ТЯ); • сытқы яд (СЯ). • Регистрли кэш-яд —жоқары сыйымлы жоқары тезликли яд болып, ол ТЯ ҳәм МП ортасындағы буфер ҳәм әмеллер орынлаў тезлигин асырыў имканын береди. • Тийкарғы яд (ТЯ) мағлыўматларды сақлаў ҳәм машинаның басқа блоклары менен мағлыўматларды алмасыў ушын арналған. ТЯ еки қыйлы еслеп қалыўшы қурылманы өз ишине алады: турақлы еслеп қалыўшы қурылма (ТЕҚҚ) ҳәм оператив еслеп қалыўшы қурылма (ОЕҚҚ). • ТЕҚҚ, ( ROM — Read Only Memory ) Өзгермейтуғын (турақлы) программалы ҳәм мағлыўматлы берилгенлерди сақлаў ушын арналған; Өзинде сақланып атырған мағлыўматты тек опертив оқыў имканын береди (ТЕҚҚ дағы информацияны өзгертиў мүмкин емес). • ОЕҚҚ ( RAM — Rand
Купить
  • Похожие документы

  • Operatsion tizimlarda journaling file system
  • I/O scheduling algoritmlari
  • O‘rta Osiyo kutubxonalarining o‘rganilish masalalari
  • Funksiyalar va arrow function
  • Tashkilot xodimlari ma’lumotlarini jamlovchi tizim

Подтвердить покупку

Да Нет

© Copyright 2019-2026.

  • Инструкция по снятию с баланса
  • Контакты
  • Инструкция использования сайта
  • Инструкция загрузки документов
  • O'zbekcha